Спорт 10 ноябрь 2022, 15:50 467 «Барселона» ҳүжимшиси командадан кетиўге қарар етти«Барселона» ҳүжимшиси Мемфис Депай 2023-жылдың январында командасын өзгертиўге қарар етти. Бул ҳаққында Британия баспасөзи хабар берди. Депай «Барса» кеңесинен оны басқа командаға қойып жибериўин сорады. Клуб та нидерландиялы ҳүжимшини сатыўға таяр. Хабарларға бола, Депайға Премьер-лига клублары қызығыўшылық билдирген. Гәп «Тоттенхем» ҳәм «Манчестер Юнайтед» ҳаққында болмақта.Азизбек Дабылов, ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.Қарақалпақстан хабар агентлиги