АҚШ Президенти Жо Байден болажақ G20 саммитинде Украина әтирапында жүзеге келген жағдайды додалаўды режелестирип атырғанын ҳәм Россия Президенти Владимир Путин әнжуманға келмейтуғынынан хабары бар екенин атап өтти.

«Мен G20 саммитине бараман, маған Президент Путин саммитте қатнаспайды, деди, бирақ басқа дүнья жетекшилери болады ҳәм биз гезектеги қәдемлер қандай болатуғынын көремиз», – деди Байден Ақ үйде журналистлер менен болып өктен ушырасыўда.

Сәршемби күни Россия Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песков Владимир Путинниң «Үлкен жигирмалық» саммитине қатнасатуғыны ҳаққында сораўға жуўап берип, Россияның G20 ҳәм Азия Тыныш океаны экономикалық жәмийетшилиги форумына қатнасыўының ҳәр қыйлы форматы көрип шығылып атырғаны, жақын күнлерде қарар қабыл етилетуғынын айтқан еди.

«Үлкен жигирмалық»тың 17-саммити 15-16-ноябрь күнлери Бали атаўында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги