Япония ҳәм АҚШ пийшемби күни «Keen Sword» шынығыўын баслады, оған 36 мың әскер, 30 кеме ҳәм 370 самолёт қатнасады, делинеди Қурама Штатлардың регионаллық командирлик басқармасы тәрепинен тарқатылған билдириўде.

«Биз тек ғана қорғаныў тараўында бирге ислесиўши емес, ал Японияның қорғаныўын ҳәм байланысларымызды беккемлеўге ҳәрекет етип атырған дос ҳәм қоңсымыз».

Токио ҳәм Вашингтон Қытайдың бул регионда әскерий белсендилиги артып атырғанынан қәўетерленеди.

19-ноябрьге шекем даўам ететуғын шынығыўлар мәмлекеттиң тийкарғы бөлегиниң қубла-батысындағы шетки Япония атаўларында өткерилмекте. Япония Қорғаныў министрлигиниң атап өткениндей, бул маневрлар әскерлердиң оператив имканиятын арттырыўға қаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги