Бүгин Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде әҳмийетли илажлар басланады. Венгрия бас министриниң сапары күтилмекте.
Хабарыңыз бар, 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи. Сол мүәнсибет пенен Венгрия бас министри Виктор Орбан Самарқандқа келиўи күтилмекте.
Бүгин 9-ноябрь күни саммит шеңберинде бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар өткериледи.
Атап айтқанда, «Samarkand Regency» мийманханасында ТМШға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң саўда министрлериниң ушырасыўы болып өтеди. Сондай-ақ, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары ҒХҚ ушын брифинглер өткериўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги