Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында магистратураға қабыллаў бир жылда еки мәрте – август ҳәм январь айларында шөлкемлестириледи.
Август айындағы қабыллаў – гезектеги оқыў жылы ушын тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарындағы квоталар ушын өткерилсе, январь айындағы қабыллаў – жазда толмай қалған орынлар ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған төлемли контракт тийкарындағы қосымша квоталар ушын болып өтеди.
Қарарға муўапық, магистратураға қабыллаў абитуриенттиң бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши ҳәм шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификаты тийкарында әмелге асырылады, қәнигелик пәнинен имтихан өткерилмейди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, магистратура қәнигеликлери ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине таңлаўларда миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе адамлар қатнасыўы мүмкин болады.
Ҳүжжет тапсырыўда талап етилетуғын шет тиллерин билиў дәрежесин баҳалайтуғын миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими төмендегилерден ибарат.
2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине ҳүжжетлер министрликтиң рәсмий http://magistr.edu.uz веб-сайты арқалы қабыл етиледи.
Қабыллаў процеси менен байланыслы қосымша мағлыўматларды жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтлары ҳәм Қабыллаў комиссиясы арқалы билип алыўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.