Түркия Россия гази ушын төлемниң айырым бөлегин рубльде төлеўге өтти. Бул ҳаққында Түркия Энергетика министри Фотиҳ Дўнмез мәлим етти.

«Ҳәммемизге белгили, келисимге ерисилген, айырым бөлегин төлеў басланып кетти. Биз бул бағдардағы жумысымызды жеделлестириў нийетиндемиз», – деди рәсмий TRT Haber телеканалына берген интервьюинде.

Оның сөзлерине бола, Анқара ҳәм Москва миллий валюталарда саўда ислеў бойынша техникалық жумысларды алып бармақта.

Владимир Путин ҳәм Режеп Таййип Эрдоған сентябрь айында Түркия газ жеткерип бериўдиң 25 процентин рубльде төлеўи ҳаққында келисип алған еди. 12-октябрь күни болса Россия энергетика ҳәптелигинде шығып сөйлеген Путин «Арқа ағыс»тан транзитти Қара теңиз регионына бағдарлаўды ҳәм Европаға жеткерип бериўи ушын Түркияда ең ири газ орайын жаратыўды усыныс етти. Эрдоған, өз гезегинде, бул идея үстинде ислеўди тез ўақыт ишинде баслаў ҳаққында көрсетпе бергенин айтты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги