2023-жыл ушын «QS Asia University Rankings 2023» рейтингинде биринши мәрте Өзбекстан Республикасының 8 жоқары оқыў орны, соның ишинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 701-750-орынлар аралығындағы көрсеткиш пенен Азиядағы ең күшли «ТОП-1000»лық жоқары оқыў орынлары қатарынан орын алды.

ҚМУ баспасөз хызметиниң бизге мәлим етиўинше, халықаралық рейтинг дүзиўши шөлкем «Quacquarelli Symonds»тың быйылғы рейтинги усы күнге шекемги рейтинглер арасындағы ең үлкени болып, өз ишине Азиядағы ең күшли 760 университетти қамтып алған. Сондай-ақ, рейтингди қәлиплестириўдеги тийкарғы көрсеткишлер сыпатында академиялық ҳәм жумыс бериўшиниң абыройы, PhD дәрежесине ийе болған хызметкерлердиң саны және халықаралық студентлердиң үлеси сыяқлы критериялар биринши мәрте киргизилген.

Сондай-ақ, «QS Asia University Rankings 2023» рейтингинде Азия континентиндеги университетлердиң географиялық орналасыўына қарай аймақлық орынлар белгиленген болып, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Орайлық Азия бойынша 41-орынды ийеледи.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, рейтингди дүзиўде жоқары оқыў орынларының илимий (академиялық) абыройы, жумыс бериўшиниң баҳасы, профессор-оқытыўшылар, студентлердиң салыстырмасы, «Scopus» базасындағы мақалалар саны, мақалаларға берилген силтемелер сыяқлы улыўма 11 көрсеткиш бойынша әмелге асырып атырған жумыслары баҳаланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.