Илон Маск Twitter’ге кириўди төлемли етпекши, деп хабар берди Platformer.
Хабар етилиўинше, бизнесмен өзиниң кеңесгөйи Девид Сакс пенен бул режени додалаған.
Оған бола, Twitter’ден бийпул пайдаланыў ушын айлық шеклеў белгилениўи мүмкин, буннан соң пайдаланыўшылардан жазылыў ушын төлем талап етиледи. Бундай жазылыў баҳасы қанша болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ҳәзирше хабар берилмеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги