Атап өтилиўинше, сатыўшылар Польшадан мәйек импортын баслаў имканиятын көрип шықпақта.
Уллы Британияның ең ири супермаркетлери қытшылық себепли мәйек сатыўды шеклеўи мүмкин. Бул ҳаққында «Sun» газетасы хабар берди. Товар жетиспеўшилигине таўық гриппиниң гезектеги тарқалыўы ҳәм жаздың ыссысында миллионлаған таўықлардың набыт болыўы себеп болған. Буннан тысқары, Украинадағы келиспеўшилик басланғанынан кейин дәраматтың төменлеўи себепли көплеген фермерлер санаатты таслап кетпекте. Уллы Британия бул жазда жәзийрама ыссы толқынды басынан өткерди.
Россия арнаўлы әскерий операциясы басланғанынан соң Батыс Москваға санкциялар басымын күшейтти. Жеткерип бериў шыжырларының үзилиўи Европа ҳәм АҚШта жанылғы ҳәм азық-аўқат баҳаларының артыўына алып келди. Уллы Британияда жасаў баҳасының артыўы миллионлаған шаңарақларға тәсир етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги