АҚШтың бурынғы Президенти Дональд Трамптың пикиринше, Жо Байден администрациясы тәрепинен сиясий қарсыласлардың ҳуқықый қуўдаланыўы демократлар дәўириндеги АҚШ әлле қашан социализмнен коммунизмге өткенинен дәрек береди. Бул ҳаққында ол Огайо штатында тәрепдарлары менен ушырасыўда айтқан.
«Усы штаттан Трамп 2024-жылы Президентликке талабанлығын қойыў режесин жәриялаўы күтилмекте», деп хабар берген «ТАСС» агентлиги.
«Мениңше, биз социализмди сағындық, ол бир жыл бурын өтип кетти. Биз ҳәзир коммунизм дүньясында жасап атырмыз», деп қосымша етти ол.
Бурынғы Президент, сондай-ақ, демократлардың сиясаты себепли АҚШ «үшинши дүнья мәмлекети»не айланып атырғанын айтты.
ӨзА