Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-ноябрь күни Жәҳән туризм шөлкеми (ЮНВТО) бас хаткери Зураб Пололикашвилиди қабыл етти.

Ушырасыўдың күн тәртибинен мәмлекетимиз ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң усы абырайлы қәнигелескен ҳүкиметлераралық структурасы арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери орын алды.

Өзбекстан 1993-жылдан берли ЮНВТО ағзасы екенин атап өтиў керек. Өткен дәўирде тармақтың үлкен потиенциалын жүзеге шығарыў ҳәм Өзбекстанның туризм брендин халықаралық көлемде алға қойыўға қаратылған әҳмийетли баслама ҳәм биргеликтеги бағдарламалар әмелге асырылды. Елимизде Шөлкемниң Уллы жипек жолы бойынша регионаллық офиси жумыс алып бармақта.

кейинги жылларда шериклик сезилерли дәрежеде жеделлеседи. Бүгинги күнде 2023-жылы Самарқанд қаласында ЮНВТО Бас Ассамблеясының 25-сессиясын өткериўге биргеликте таярлық көрилмекте.

Сөйлесиўде Зураб Пололикашвили Өзбекстанда заманагөй туризм инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, сыртқы ҳәм ишки туризм көрсеткишлериниң сапалы өсимине хызмет ететуғын исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған реформалардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Мәмлекетимиз бенен ЮНВТО арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша «жол картасы»н қабыл етиў, оған Өзбекстанның туризм брендин алға қойыў, нәтийжели мәлимлеме кампанияларын өткериў, жоқары қәнигели кадрларды таярлаў, басқа да жойбарларды әмелге асырыў илажларын киргизиўге келисип алынды.

ӨзА