Нәмәлим хакерлер тәрепинен «Microsoft» серверлерине ҳүжим уйымластырылған ҳәм компания қарыйдарларының 2,4 терабайтлы жеке мағлыўматларын урлағаны мәлим болған.

Экспертлердиң мағлыўматларына қарағанда, жеке мағлыўматлардың урланыўы 111 мәмлекет аймағындағы 65 мыңға шамалас «Microsoft» корпоратив тутыныўшыларына тәсир еткен.

Ийелеп алынған жеке мағлыўматлардың 335 мыңы электрон хат, 133 мыңы жойбарлар болған.

«Microsoft» өз қарыйдарларына олардың айырым мағлыўматлары надурыс дүзилген сервер себепли ашық жәрияланыў мүмкинлиги ҳаққында ескерткен.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги