Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде «Спорт-тынышлық елшиси» сүрени астында менен жоқары класс оқыўшылары арасында спорттың стол тенниси түринен спорт жарысы болып өтти.

Жарыс жуўмағында қызлар арасында 1-орынды 10-класс оқыўшысы Айман Кеўнимжаева, 2-орынды 9-класс оқыўшысы Қырмызы Қазақбаева, 3-орынды 10-класс оқыўшысы Нургүл Жолдасбаевалар ийеледи.

Ал, ер балалар арасында болса, 1-орынды  Атабек Жүсипбаев, 2-орынды Еркин Турдыбаев, 3-орынды Зухратдин Қазақбаевлар жеңип алыўға миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз оқыўшылар мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен дәрежели диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ҳәкимбек Қарабаев,

Нөкис районлық ХББға қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў

мектебиниң денетәрбиясы пәни муғаллими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.