Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколына муўапық, Россия Федерациясының Курск, Брянск, Белгород, Воронеж, Ростов ҳәм Краснодар аймақларындағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған Өзбекстан пуқараларының оқыўын Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине алдынғысынан өзгеше тәризде көшириўге рухсат берилди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Протокол тийкарында:
– Студентлердиң оқыўы олардың арзаларына муўапық турақлы жасаў мәнзили аймағында жайласқан жоқары оқыў орынларының сәйкес ҳәм түрлес (сәйкес ҳәм түрлес болмаған жағдайда мазмуны бойынша жақын болған) тәлим бағдарына көшириледи;
– Оқыўын көшириў бойынша арзалар 2022-жыл 1-ноябрьден 20-ноябрьге шекем (сол күни де) Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты («Россия Федерациясынан оқыўды көшириў» бөлими) арқалы қабыл етиледи;
– Студентлердиң оқыўын көшириўге рухсат бериў бойынша қарар республикалық жоқары оқыў орынларының мәкемелик бойсыныўына қарамастан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен қабыл етиледи;
– Пуқаралардың Россиядағы белгили бир жоқары оқыў орнында ҳақыйқатында да оқып атырғанлығы анықланбаса, олардың оқыўы көширилмейди.
– Оқыўы көширилген студентлердиң оқыўын сәйкес курстан даўам етиўине алдынғысынан өзгеше тәризде рухсат бериледи. Бунда анықланған пәнлердиң парқы 2022-2023-оқыў жылы даўамында бийпул тапсырылады.
Сондай-ақ, қоспа тәлим бағдарламалары тийкарында жоқарыда атап өтилген аймақларда жайласқан бирге ислесиўши жоқары оқыў орынларында билим алып атырған және 2022-2023-оқыў жылында жиберилиўи жобаластырылған студентлер оқыўын олардың арзаларына муўапық белгили бир жоқары билимлендириў мәкемеси шеңберинде сәйкес (сәйкес болмаған жағдайда түрлес) бакалавриат тәлим бағдарына (магистратура қәнигелигине) көшириўге де рухсат берилди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Россия Федерациясының Украина менен шегаралас болған аймақларындағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған бир топар өзбекстанлы студентлер Президентке видеомүрәжат жоллап, олардың оқыўын Өзбекстанға көшириўге әмелий жәрдем бериўин сораған еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.