Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 5-туры шеңберинде бир қатар ойынлар болып өтти.

Атап айтқанда, «E» топарында Англияның «Челси» клубы Австрияға сапар етип,  «Зальцбург» футболшылары менен  өз-ара күш сынасты. Қызықлы өткен ушырасыўдың 23-минутында  Матео Ковачич есапты ашқан болса, 49-минутта Чуквубуике Адаму майдан ийелериниң жуўап тобын урыўға еристи.

Ал, 64-минутта Кай Хаверц «Зальцбург» дәрўазасын анық нышанға алып лондонлы футболшыларды кейинги басқышға алып шықты.

Бул жеңистен соң «Аристократлар» өз упайларының санын 10 ға жеткерген болса,  «Зальцбург»  6 упай менен екинши орынды ийелеп тур.

5-турда өз майданында Данияның «Копенгаген» клубын 3:0 есабында жеңип шыққан «Севилья» 5 упай менен үшинши, «Копенгаген» болса 2 упай менен ең соңғы орында келмекте.

«F» топарында ойын өткерип атырған Мадридтиң «Реал» клубы «Лейпциг»ке сапар етип, лигадағы өзиниң дәслепки жеңилисин қабыллады. Есап 3:2 «Лейпциг» пайдасына.

Бул топардың екинши ойынында Шотландияның «Селтик» клубы Донецктиң «Шахтёр» клубы менен 1:1 ойнады.

«E» топарында болса, «Милан» Хорватияның «Динамо» клубы майданына сапар етип, 4:0 есабында жеңиске еристи.

«H» топарында жетекшилик етип киятырған «ПСЖ» Израилдың «Маккаби» клубы менен ойын өткерип 7:2 есабындағы жеңисти қолға киргизди. Бул ойында парижлилер қурамында Неймар ҳәм Карлос Солер бир голдан урған болса, Лео Месси ҳәм Килиан Мбаппе дублге еристи. Және бир гол мийманлар футболшысы Шон Голдберг есабына автогол сыпатында жазылды.

«Н» топарындағы екинши ойында болса, «Бенфика» өз майданында «Ювентус»ты қабыллап, 4:3 есабында оғада қыйын жеңисти қолға киргизди.

«G» топарында болса, Англияның «Манчестер Сити» клубы Германияның «Боруссия Дортмунд»ы менен өз-ара күш сынасты. Ушырасыўда есап ашылмады ҳәм ҳәр еки клуб та бир упайдан қолға киргизип, плей-офф жолламасына ийе болды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.