АҚШ ҳәкимшилиги Қазақстан менен қатнасықларын раўажландырыўға қатаң қарар етеди, оның реформаларын әмелге асырыўын қоллап-қуўатлайды ҳәм мәмлекетти әҳмийетли экономикалық шерик, деп биледи. Бул ҳаққында АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкенниң Қазақстанда Республика күни мүнәсибети менен жәрияланған баянатында айтылады.
«Қурама Штатлар Қазақстан суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлиги тәрепдары ҳәм биз жақын жыллары қатнасықларымызды және де беккемлеўге умтыламыз», деди Сыртқы сиясат департаментиниң басшысы.
«Биз биргеликте улыўмалық үстинликлеримиз: регионда ҳәм оннан тысқарыда тынышлық, абаданлық ҳәм турақлылықты алға қойыўда даўам етемиз», деди ол.
Сондай-ақ, Блинкен, Қазақстанды «экономика ҳәм саўдадағы баҳалы шерик», деп атады.
ӨзА