Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәринен бурын, Сиз, әзизлерди бүгинги қутлы әййям – Өзбек тили байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Инсан киндик қаны тамған Ўатаны, дүньяға келтирип тәрбиялаған ата-анасы қаншелли әзиз ҳәм қәдирли болса, оның өзлиги ҳәм руўхый әлемин белгилейтуғын ана тили де соншелли қәдирли ҳәм уллы болып табылады.

Әййемги түркий тилимизди биринши мәрте илимий тийкарда изертлеген уллы илимпаз Махмуд Қашғарийдиң: «Эрдам боши тилдур», яғный «Барлық жақсылықлар тилден басланар», деген сөзлеринде терең ҳақыйқат бар. Ҳақыйқатында да, адамзат қәлбиндеги уллы пазыйлетлер ана тилиниң қайталанбас жаратылысы, сыйқыры ҳәм дилбарлығы менен камалға келеди.

Халқымыз ой-пикириниң тынық айнасы болған бул бийбаҳа ғәзийнени қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў ҳәзирги күндеги ең мақтанышлы ўазыйпаларымыздан бири.

Уллы ойшыл Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың: «Тилге итибар – елге итибар», деген дана нәсиятларына әмел еткен ҳалда, елимизде тил мәселесинде алып барылып атырған мәмлекетлик сиясат инсан қәдирин улығлаўға қаратылған түпкиликли реформаларымызға ҳәр тәреплеме үнлес ҳәм үйлесимли.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде өзбек тилин раўажландырыў, оның өмиримиздеги орны ҳәм тәсирин арттырыў бойынша жаңа басқыш басланды, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Атап айтқанда, 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни деп белгиленгени умытылмас тарийхый ўақыяға айланды. Мәмлекетлик тилдиң абырайы ҳәм статусын жоқарылатыўға қаратылған пәрман ҳәм қарарлар, нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди. Бул бағдарда 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепция ҳәм өз алдына бағдарлама турмысымызға енгизилмекте.

Бул ҳаққында айтқанда, жақында қабыл етилген тийисли нызамларға тийкарланып реклама ҳәм үгит-нәсиятлаў материалларын мәмлекетлик тилде жәриялаў тәртиплери және мәмлекетлик пуқаралық хызметке қабыл етиўде өзбек тилин билиў дәрежеси бойынша анық талаплар белгиленгенин атап өтиў зәрүр.

Министрлер Кабинети қурамында Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаментиниң жумысы жолға қойылды. Орайда ҳәм орынларда мәмлекетлик тилди үйретиў курслары жумыс алып бармақта.

Қысқа ўақыт ишинде бес томлық «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги», оннан артық тараўға байланыслы атамалардың сөзликлери, отыз томлық «Ғәрезсизлик дәўири өзбек наўайытаныўшылығы» изертлеўлер комплекси жаратылды.

Усы күнлерде ана тилимизде «Түркий әдебият дүрданалары» атамасында жүз томлық үлкен топлам баспадан шығарылып атырғаны, белсенди ҳәм талантлы жасларымыздың ҳәрекетлери менен Интернет тармағындағы өзбекше мағлыўматлардың электрон базасы байытылып атырғаны қуўанышлы жағдай, әлбетте.

Өзбек классикалық ҳәм заманагөй әдебиятының сайланды үлгилериниң шет тиллерге аўдарылып, сырт ел китапханаларының да итибарына ериспекте. Талантлы илимпаз ҳәм дөретиўшилеримиз қәлемине тийисли ҳәм көркем шығармалар абырайлы халықаралық сыйлықларға ийе болмақта.

Шет мәмлекетлердиң оқыўшылары арасында Өзбек тили ҳәм әдебияты халықаралық олимпиадасын өткериў жолға қойылғаны да ана тилимизди кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта, мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты ҳәм қәдириятларын қәстерлеп сақлаў сондай-ақ, раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта. Биз бул бағдарла алып барып атырған жумысларымызды келешекте де избе-из даўам еттиремиз.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәммемизге белгили, көп миллетли халқымызды жоқары мәрипатлы жәмийет қурыўдай ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, ўатанласларымыздың қәлбине жалғыз Ўатан, улыўма абадан келешек туйғысын сиңдириўде өзбек тили бирлестириўши әҳмийетке ийе.

Соның ушын, Жаңа Өзбекстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, Үшинши раўажланыў дәўириниң тийкарын жаратыўға қаратылған тарийхый реформалар процесинде өзбек тилин раўажландырыў бойынша белгилеп алынған ўазыйпаларымызды избе-из даўам еттириўимиз керек.

Ҳәзирги күнде жасларамыздың көзқарасы, әдеп-икрамлылық ҳәм сөйлеў мәдениятына унамсыз тәсир көрсетип атырған иллетлер, әсиресе, ҳәр қыйлы электрон қураллар арқалы күн сайын күшейип баратырған руўхый қәўип-қәтерлерге қарсы ағартыўшылық ҳәм илим менен нәтийжели гүрес алып барыў турмыслық зәрүрликке айланған.

Бул бағдарда мәлимлеме-коммуникация технологияларының тилин өзбекшелестириў,  пүткил жер жүзилик Интернет тармағындағы миллий сегментти және де байытыў, өзбек ҳәм шет тиллер бойынша сөзлик ҳәм аўызеки сөйлеў тилиниң жаңа әўладын жаратыў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларымыздың қатарына киреди.

Дүнья раўажланыўының жетискенликлери ҳәм баҳалы дәреклерди өзбек тилине аўдарыў арқалы тилимизди илим ҳәм инновациялар тили сыпатында раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратыўымыз зәрүр.

Усы мәниде, ХХ әсир басында жасап дөретиўшилик еткен, өзбек, араб, парсы, ҳинд, түрк ҳәм рус тиллериндеги сөзлерди өз ишине алған бийбаҳа сөзлик китабын жаратқан ағартыўшы бабамыз Исҳақхан Ибраттың: «Бизиң жаслар әлбетте, басқа тилди билиў ушын ҳәрекет етсин, бирақ алдын өзиниң ана тилин көзине сүртип, ҳүрмет келтирсин. Өз тилине садықлық – бул Ўатанлық жумыс», деген ҳикметли сөзлери биз ушын әҳмийетли қолланба, өмир жолымызды жақтыландыратуғын маяк болып хызмет етиўи керек.

Пурсаттан пайдаланып, миллий өзлигимиз ҳәм мақтанышымыз тымсалы болған ана тилимизди қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўдай ҳүрметли жумысқа мүнәсип үлес қосып киятырған барлық пидайы ўатанласларымызға шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте Өзбек тили байрамы менен қызғын қутлықлап, барлығыңызға беккем денсаўлық, шаңарағыңызға кут-берекет, тынышлық ҳәм аманлық тилеймен.

Ана тилимиздиң сөнбес нуры ой-пикиримизди, кеўиллеримизди бәрқулла жақтыртып турсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти