Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-октябрь күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Терхи Хакаланы қабыллады.

Өзбекстан менен Европа аўқамы арасында көп қырлы қатнасықларды кеңейтиў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Конструктивлик сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм қаржы-техникалық тараўларда, экология, билимлендириў ҳәм туризм бағдарларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң бағдарламалары менен жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда дәслеп ЕА арнаўлы ўәкили елимиздеги демократиялық ҳәм социаллық-экономикалық жаңаланыўларды буннан былай да тереңлестириўге қаратылған, изге қайтпайтуғын Жаңа Өзбекстан реформалары бағдарламасы Европа Аўқамында жоқары баҳаланып,  оның даўам еттирилиўи избе-из қоллап-қуўатланып атырғанын атап өтти.

Кейинги жылларда сапасы жағынан жаңа басқышқа көтерилген еки тәреплеме қатнасықлар көп қырлы ҳәм жедел түске енгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ЕАның Орайлық Азия бойынша жаңаланған стратегиясы қабыл етилгени, Өзбекстанға «GSP+» системасының бенефициары статусы берилгени және Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў шәртнамасына дәслепки тәризде қол қойылғаны буның дәлили болып табылады.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў нәтийжели раўажланбақта. Тек ғана усы жылдың 9 айында өз-ара саўда 15 процентке өсти. Өзбекстан өнимлериниң ЕА мәмлекетлерине экспорт көлеми 70 процентке көбейди. Өзбекстанда қоспа жойбарлар ҳәм кәрханалардың саны 1 мыңнан асты.

Европалы инвесторлардың қатнасыўында энергетика ҳәм автомобиль ислеп шығарыў сыяқлы жоқары технологиялық тармақларда, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдарларда жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиў барысында турақлы раўажланыўға, регионаллық өз-ара байланысты беккемлеўге көмеклесиўге қаратылған  бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Транспорт, инновация, санластырыў, альтернатив энергетика ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, инклюзив билимлендириў әҳмийетли тараўлар сыпатында белгиленди.

Аўғанстандағы жағдайды тез ўақытта тыныш жол менен тәртипке салыў ҳәм оның экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мәселелери де көрип шығылды.

ӨзА