Усы жылдың 13-17-октябрь күнлери аралығында Армения пайтахты Ереван қаласында жаслар арасында самбо бойынша жәҳән чемпионаты болып өтти.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул чемпионатқа Еллиқала районының мақтанышы Моҳигул Комилжанова 72 кг салмақта Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, финальға шекем жетип барды ҳәм гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Кеше Елликқала темир жол вокзалында жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси Моҳигул Комилжонова район ҳәкими орынбасары У.Ражапбаев, спорт жанкүйерлери ҳәм жеңимпаздың туўысқанлары ҳәм дослары тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды.
Мәресимде район ҳәкимлиги, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби басшылары шығып сөйлеп, спортшыны ерискен табысы менен қутлықлады. Моҳигул Комилжонова ҳәм оның тренерине илаж шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған гүл ҳәм саўғалар тапсырылды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, М. Комилжанова самбо гүресинен 5 мәрте Өзбекстан, 3 рет жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси ҳәм Азия чемпионы болып есапланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.