Ташкенттиң «Ҳумо»  хоккей клубы Қазақстан ашық чемпионатының гезектеги турында Петропавловскийдиң «Қулагер» командасына қарсы ойын өткерди.

Ушырасыў 3:1 есабында «Ҳумо» хоккейшилери пайдасына шешилди. Ойынның 2 -минутында Рехтин есапты ашқан болса, 19-минутында Валеев «Қулагер» дәрўазасына екинши шайбаны киргизиўге миясар болды.

Ал, 50-минутта Кравченко есапты 3-0 ге жеткерди. 57-минутта Пилаев мийманлардың жуўап шайбасын урыўға еристи.

Бул жеңистен соң «Ҳумо» өз упайлар санын 14 ке жеткерип, 6-орында келмекте.

Бүгин  Ташкент клубы саат 19:00де «Қулагер»ге қарсы өзиниң екинши ойынын өткереди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.