Усы жыл 18-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Басқа жумысқа өтиўине байланыслы Атабек Илҳамович Давлетов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясының 4-бәнтине және «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымына депутатлар арасынан 18-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен депутат Сапарбаев Рустам Турсынбаевичтиң кандидатурасы усынылды. Р.Сапарбаев 1982-жылы Қоңырат районында туўылған. Қәнигелиги юрист, сиясаттаныўшы. 2004-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық таллаў ҳәм келешекти белгилеў жоқары мектебин тамамлаған.  Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келген.

Бул бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат, Олий Мажлис Сенаты ағзасы У.Жалменов, 50-санлы «Елабад» сайлаў округинен депутат Р.Дәўлетназарова, 9-санлы «Әжинияз» сайлаў округинен депутат Г.Зоркина шығып сөйлеп, кандидатураны қоллап-қуўатлады.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы нызамның 13-статьясына муўапық 18-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен депутат Сапарбаев Рустам Турсынбаевич жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев шығып сөйлеп, билдирилген үлкен исеними ушын депутатларға миннетдаршылық билдирип, өзиниң бар билимин, күш-жигерин елимиздиң гүллеп-раўажланыўы ушын жумсайтуғынлығын атап өтти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.