РФ қорғаныў министрлигиниң мәлим етиўинше, дүйшемби күни Киев режими қадағалаўында болған аймақлардан 110 россиялы пуқара қайтарылған.
Хабарда атап өтилиўинше, ўатанына қайтарылғанлар арасында 72 пуқаралық кемелер теңизшилери де бар, олар февраль айынан берли тутқынлықта сақланып атырған еди.
Сондай-ақ, хабарда Украина тәрепине 108 әскерий хызметкер тутқынлықтан үйлерине қайтарылғаны айтылмақта.
ЛХР халық милициясы да 11 әскерий хызметкер Украинада тутқынлықтан үйлерине қайтқанын мәлим етти.
ӨзА