Кеше Париж қаласында футбол бойынша 66-мәрте өткерилген «Алтын топ-2022» сыйлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда өткен мәўсимде өзиниң әжайып ойынлары менен футбол жанкүйерлериниң кеўлинен орын алған Мадридтиң «Реал» клубы ҳүжимшиси Карим Бензема мәўсимниң ең жақсы футболшысына берилетуғын «Алтын топ-2022» сыйлығын алыўға миясар болды.
Ал, ҳаял-қызлар арасында болса, бул сыйлық «Барселона» футболшысы Алексия Путельясқа тапсырылды.
Сондай-ақ, мәўсимниң ең жақсы дәрўазаманына берилетуғын Лев Яшин сыйлығын болса, «Реал» дәрўазаманы Тибо Куртуа қолға киргизди.
«Ең жақсы жас футболшы ушын аталған Раймон Копа сыйлығына «Барселона» ярым қорғаўшысы Гави ылайық деп табылды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.