АҚШ Президенти Жо Байден ҳәм «үлкен жетилик»тиң басқа да жетекшилери шийшемби күни видеоконференцбайланыс тәризинде Украинаға жәрдем бериў мәселесин додалайды. Бул ҳаққында Ақ үй баспасөз хызмети хабар берди.
«Илаж қатнасыўшылары Украинаны қоллап-қуўатлаў бойынша өзлериниң қатаң миннетлемелерин додалайды», делинеди билдириўде.
Мәжилис Қырым көпиринде исленген терроршылық ҳәрекетине жуўап ретинде, Россияның Украина энергетика, әскерий командирлик ҳәм коммуникация объектлерине жалпыламай соққы бергени себепли өткериледи.
Виртуал ушырасыўға Украина Президенти Владимир Зеленский де қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги