1-октябрь ̶ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни
Кегейли районы Көкөзек аўыл пуқаралар жыйынының ең шетки «Аққудық» елатында жайласқан 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 1984-жылы қурылған болып, 2008-жылы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында капитал реконструкция жумыслары жүргизилген.
Бүгинги күни 172 оқыўшы тәлим-тәрбия алып атырған мектепте оқыўшылардың заман талабына сай оқып билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған.
-Оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын 10 пән дөгереги, 4 спорт секциясы турақлы ислеп тур,-дейди бизге мектеп директоры Саламат Утебаев.-Бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған оқыўшыларымыз пәнлер олимпиадасы, спорт жарыслары ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, өткен жылғы пәнлер олимпиадасының районлық басқышында 9-класс оқыўшымыз Балнур Избағанбетова биология пәнинен 1-орынды ийелеген болса, жеңил атлетика бойынша 8-класс оқыўшысы Умида Абатбаева ҳәм 6-класс оқыўшысы Руслан Сайымбетовлар республикада 2-орынды ийелеўге миясар болды. Ал, 9-класс оқыўшымыз Дилдара Бахиева болса бир қатар дөретиўшилик таңлаўларға қатнасып жеңимпазлыққа еристи.
Әлбетте, узақ аймақта жайласқан бул мектеп оқыўшыларының жетискенликлери өз-өзинен болып атырғаны жоқ. Бунда мектепте ислеўши устаз муғаллимлердиң пидайы мийнетлери жатыр. Әсиресе, олар арасында тәжирийбели муғаллимлерден Зерхан Мамбетова, Гүлзар Бекбергенова, Тоты Елмуратова, Ильяс Тилеўбаев, Гүлчеҳра Ерниязова ҳәм Каналбай Узақбаевлардың ислеген мийнетлери айрықша болып, олар мәмлекетимиздиң ертеңги айдын келешеги ийелерин тәрбиялаў жолында аянбастан хызмет етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.