ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими  биргеликте «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирди.

Мақсет – ҳаял-қызларды денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў арқалы олардың денсаўлығын беккемлеў, өз денсаўлығына жуўапкершилик пенен қараўын күшейтиў ҳәм ғалаба спорт түрлерин раўажландырыў болып есапланады.

Жарыста райондағы мәҳәллелерден дүзилген 4 команда өз-ара беллести.


Жеңимпазлар анықланып, районлық медицина бирлеспесиндеги ҳаял-қызлардан дүзилген команда биринши орынды ийеледи. Жеңимпазлар менен бирге жарыс қатнасыўшыларының барлығы арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги