Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларын абаданластырыў, аймақ турғынларының турмыс шараятын жақсылаў, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллаў-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға республикамыздағы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер өзлериниң үлеслерин қоспақта.

Атап айтқанда, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәраханасы тәрепинен Нөкис қаласындағы Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, кем тәмийинленген еки шаңарақтың турақ жайы оңланып, төбеси бастырылып берилди. Шаңарақ ағзалары жақынласып қалған қыс мәўсими алдынан бундай қайырлы ислери ушын кәрхана жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

Буннан тысқары, Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларында исленип атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў ислерине үлес қосыў мақсетинде 315 тонна ҳәк  ҳәм 60 тоннадан зыят ақтас бийғәрез жәрдем сыпатында жеткерип берилди.

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасы хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги