Самарқанд саммитинде бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте. Сыртқы ислер министрлиги басқарма баслығының орынбасары Темур Абдулин бул ҳүжжетлердиң айырымларын жәриялады.

Оның айтыўынша, саммитте 30 дан аслам ҳүжжетке қол қойылады. Бул ҳүжжетлер Президентимиздиң басламаларында алға қойылған мәселелерден ибарат.

Қабыл етилиўи күтилип атырған ҳүжжетлер арасында ағза мәмлекетлердиң өз-ара транспорт байланысы бойынша Концепция, «Жақсы нийет» институты ҳаққында Реже, биринши рет ШБШның туризм ҳәм мәденият пайтахтын тастыйықлаў мәселелери бар.

Шөлкемниң тийкарғы ҳүжжети – Самарқанд декларациясында ШБШның регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер бойынша позициясы жәрияланады

Және бир әҳмийетли ҳүжжет – Иран шөлкемге толық ағзалық статусын бериў ушын оның миннетлемелери нәзерде тутылған Меморандумға қол қойылады.

Сондай-ақ, саммитте Саудия Арабстаны, Қатар ҳәм Египет мәмлекетлерине шөлкемге шерик статусын бериў мәселеси көрип шығылады.


Қарақалпақстан
хабар агентлиги