Жасларды спортқа қызықтырыў, спорт арқалы олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, денсаўлығын беккемлеў пуқаралар жыйынларында әмелге асырылып атырған жақсы илажлардан есапланады.

Усындай илажларға, жаслардың қатнасыўында өткерилип атырған ҳәр қыйлы спорт жарыслары да киреди.

Усы жыл 8-12-сентябрь күнлери аралығында, Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Спорт Федерациясы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен 2006-2007-жылы туўылған жас өспиримлер арасында бокс бойынша Қарақалпақстан кубоги ушын жарыс өткерилди.

Жарыс тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.

Онда жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, 42 килограмм салмақта Нөкис қаласынан С.Рейимбаев, 46 килограмм салмақта Кегейли районынан М.Исаков, 80 килограмм  салмақта Нөкис қаласынан А.Муратбаевлар биринши орынды ийеледи.

Жарыстың сыйлықлаў мәресиминде  Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары М.Бабаниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларға жақсы тилеклерин билдирип, усындай илажлардың жаслар турмысындағы әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

1-2-3-орынларды ийелеген жеңимпазларға кубок, медаль ҳәм мақтаў жарлықлары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги