Бүгин – 13-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Сенат Баслығы Танзила Норбаева басқарып атырған мәжилис күн тәртибине Сенат Баслығының орынбасары ҳаққындағы мәселе және «Электрон коммерция ҳаққында»ғы, «Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында»ғы, «Электрон санлы қолтаңба ҳаққында»ғы нызамлар киргизилген.

Буннан тысқары, мәжилисте «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар да көрип шығылады.

Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2022-жылдың биринши ярым жыллық жуўмақлары бойынша орынланыўы ҳаққындағы есабаты, сыртқы ислер министриниң 2022-жылдың биринши ярым жыллығындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланады.

Ферғана ўәлаятының Үшкөпир, Өзбекстан, Даңғара, Қостөбе, Таслақ, Ферғана районлары ҳәм Қоқанд, Марғулан, Ферғана қалаларының шегараларын өзгертиў, сондай-ақ, Наманган ўәлаятының Турақорған районы ҳәм Наманган қаласы Давлатабад районының, сондай-ақ Наманган қаласының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселелер сенаторлардың итибарына усынылады.

Сенаторлар Баявут, Қаршы, Алат, Бостан ҳәм Турақорған районлары және Каттақорған қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде белгиленген илажлардың орынланыў нәтийжелери және Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы жаңа жумыс орынларын үйрениўдиң нәтийжелери көрип шығылады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасында 2022-жылдың биринши ярымында мүрәжатлар менен ислесиўдиң жағдайы ҳаққындағы мәселе де күн тәртибине киргизилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги