Ҳәзирги күнлери Сербия пайтахты Белград қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Онда грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жасурбек Ортиқбоев қола медалын қолға киргизген болса, 82 кг салмақта беллесиўлерге түскен республикамыз ўәкили Жалғасбай Бердимуратов жәҳән чемпионатының финалына шекем жетип келди.
Токио Олимпиадасы қатнасыўшысы, Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпазы финальлық беллесиўде түркиялы Бурхан Акбудак пенен кескин гүрес алып барып, онда 6:7 есабында жеңилип қалды.
Ал, 130 кг салмақта жарысқа қатнасып атырған Мўминжон Абдуллаев бүгин жәҳән чемпионатының қола медалы ушын гүреске түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы