Сербия пайтахты Белград қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты басланды.
Онда грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов 82 кг салмақта 1/8 финалда қытайлы Вонг Ченгвуды, 1/4 финалда әзербайжанлы Рафиг Ҳусейнов, 1/2 финалда болса, венгриялы Тамаш Леваиниди жеңип шығып, жәҳән чемпионатының финал жолламасын қолға киргизди.
Енди жәҳән чемпионлығы ушын Жалғасбай финалда түркиялы Бурхан Акбудакқа қарсы гүреске түседи.
55 кг салмақта гүреске шыққан Жасурбек Ортиқбоев болса, қола медалы ушын болған беллесиўде қазақстанлы Амангали Бекболатовты 9-5 жеңилиске ушыратып, қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Ал, 63 кг салмақта қатнасқан және бир жерлесимиз Төребек Тиркашев дәслепки басқышта-ақ хорватиялы Иван Лизатовичша 1-8 жеңилип қалды.
Сондай-ақ, жәҳән чемпионатында сайланды команда ағзаларынан 67 кг да Аброр Атабаев 1/8 финалда грузиялы Жони Хецурианиға 1-4, 72 кг да Мирзобек Раҳматов финляндиялы Лисакки Липастиге, 77 кг да Арам Варданян кореялы Хюн Ву Кимге 0-6, 87 кг да Нурбек Хошимбеков болгариялы Йоан Димитровқа 0-5, 97 кг да Рустам Ассакалов 1/4 финалда иранлы Абдуллоҳ Саравиға 0-7 есабында утылып қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы