Бүгинги күни елимизде тийкарғы азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм олардың резервин жаратыў, пуқараларды арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў Президентимиз тәрепинен жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамызда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратып, жақында өткерилген видеоселектор мәжилисинде гүзлик бийдай егисинде белгиленген графиктен артта қалып атырған районлар қатты сынға алып, анықланған жағдайларды қысқа мүддетте сапластырыў бойынша тараў басшыларына қатаң тапсырмалар берген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинен алынған мағлыўматларға қарағанда, 2023-жылдың зүрәәти ушын 63 мың 729 гектар жерге, соның ишинде, 59 мың гектарға азықлық ун ушын, 4 мың 729 гектарлық шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық бағдарларындағы кәрханаларға от-жемлик азық ушын ғәлле егиў режелестирилмекте.

Ғәлледен келеси жылы да мол өним алыў ушын гүз айларында егилетуғын бийдай туқымлары бойынша тәжирийбели дийқан ҳәм илимпаз агрономларымыздың усынысларынан келип шығып, республикамызға шорға ҳәм суўыққа шыдамлы сортлары жайластырылды.

Атап айтқанда, “Алексейич” сортынан 13110 гектар, “Гурт” сортынан 10975 гектар, “Гром” сортынан 7370 гектар, “Антонина” сортынан 7930 гектар, “Давр” сортынан 6175 гектар, “Аср” сортынан 5540 гектар майданға бийдай егиледи. Ал, 7900 гектарлық майданға басқа да бийдай сортлары егиледи.

-Дән егинлерин белгиленген оптимал мүддетлерде егиў ҳәм 20-сентябрьге шекем егис жумысларын жуўмақлаў бойынша күнлик графиклер ислеп шығылды,-дейди бизге Аўылхожалығы министрлигиниң ғәллешилик, собықлы дән ҳәм майлы егинлер бөлими баслығы Көбейсин Нурниязов.-Егис мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, аймақларда 219 отрядлар шөлкемлестирилип, бул отрядларға 165 сеялка, 208 қатар аралық егиў үскенелери, 172 минерал төгин бериўши ҳәм 483 трактор бириктирилди. Сондай-ақ, атызларды егиске таярлаў ҳәм туқымды сапалы егиў ушын бүгинги күни режеде белгиленгениндей илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, бийдай егилетуғын майданларда суўдың жумсалыўын сезилерли дәрежеде азайтыў және бир тегис өним алыў мақсетинде 256 лазерли жер тегислейтуғын үскенелер жәрдеминде 33 459 гектар жерди тегислеў жумыслары алып барылмақта.

45 330 гектар егислик майданлары егис алды шор жуўыўға таярланып, 35 069 гектарда 1-шор жуўыў ҳәм 6 117 гектар майданда 2-шор жуўыў жумыслары алып барылды ҳәм бул жумыслар еле даўам етпекте.

Соның менен бирге, орынлардағы дән кәрханаларына қараслы туқымлық цехларында режелестирилген 11 641 тонна туқымлық дән толығы менен дәриленип, тазаланып, қапланып, туқым тарқатыў шақапшаларына жеткерип берилди.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, республикамыз бойынша бүгинги күнге шекем 30 365 гектар жер егиске таярланып, 22 868 гектар майданда егис жумыслары алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы