Кеше футбол бойынша Европа лигасы топар басқышының 1-турынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.

Атап айтқанда, быйылғы жылы Англия премьер-лигасында жақсы қатнасып атырған «Арсенал» сапарда Швейцарияның «Цюрих» клубы менен өз-ара гүрес алып барды ҳәм 2-1 есабында жеңиске еристи.

Ал, Өзбекстан сайланды командасының сәрдары Элдор Шомуродов қурамында ойнап атырған «Рома»  «Лудагорец» клубы менен ушырасып, 1-2 есабында утылып қалды. Италия клубы ҳүжимшиси Э.Шомуродов 67-минутта Белоттиниң орнына ойынға түсип, 86-минутта  «Рома»ның жуўап тобын урыўға еристи. Бирақ, оның бул голы италия клубына жәрдем бермеди ҳәм 88-минутта Нонато тәрепинен «Рома» дәрўазасына жолланған гол «Лудагорец»ке 3 упай алып келди.

Роналду жетекшилигиндеги «Манчестер Юнайтед» болса өз майданында Испанияның «Реал Сосьедад»ына қарсы ойын өткерип, күтилмегенде 0-1 есабында жеңилип қалды.

Сондай-ақ, «Лацио» — «Фейеноорд»ды 4:2, «Нант» — «Олимпиакос»ты 2:1 есабында жеңип шыққан болса, «Монако» «Црвена Звезда» майданына сапар етип 1-0 есабында жеңиске еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы