Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 1-турынан орын алған бир қатар ушырасыўлар болып өтти.

Неапол қаласында өткерилген «Наполи» «Ливерпуль» командалары арасындағы ойында есап 5-минутта польшалы Пётр Зелиньски тәрепинен пенальтиден ашылған болса, 31-минутта  Замбо-Ангисса Италия клубының екинши голын урыўға еристи. Ал, биринши таймның соңында Джованни Симеоне  ойындағы есапты үлкен көриниске алып келди.

Екинши тайм басында Пётр Зелиньски «Ливерпуль» дәрўазасына және бир гол урып, өз   дублин  рәсмийлестирди.

49-минутта «Ливерпуль» футболшысы Луис Диас есапты қысқартыўға еристи ҳәм 4-1 есабы ойын ақырына шекем сақланып қалды.

C топарында болса,  «Бавария» «Интер» менен өз-ара ушырасып, 2-0 есабында жеңиске еристи.

Турнир фаворитлериниң бири болған «Барселона»  бул турда «Виктория»ға қарсы ойынға түсип, 5-1 есабында жеңисти қолға киргизиўге миясар болды. Соны атап өтиў керек, каталониялылар қурамында Роберт Левандовски хет-трикке ерискен болса, Франк Кессиэ ҳәм Ферран Торреслер де бир голдан өз есабына жаздырып қойды.

Англияның «Тоттенхэм»и Ришарлисонның дубли есабынан «Марсель»ди жеңилиске ушыратты.

Ал, Мадридтиң «Атлетико»сы болса,  «Порту»  менен қыйын өткен ойында 2-1 есабында жеңиске ерисип, 3 упай ийесине айланды.

Амстердамның «Аякс» клубы Шотландияның «Рейнжерс» менен ушырасып, 4-0 есабында жеңип шықты.

Португалияның және бир клубы «Спортинг» дәслепки турда Германияға сапар етип, жергиликли «Айтрахт» клубын 3-0 есабында жеңилиске ушыратты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы