Қубла Корея жетекшиси Юн Сок Ёль ҳәм АҚШ вице-президенти Камала Харрис 29-сентябрь күни Сеулде ушырасады. Бул ҳаққында Президент администрациясының баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлар, Қубла Корея, экономикалық қәўипсизлик және регионаллық ҳәм халықаралық дәрежедеги басқа да әҳмийетли темалар додаланыўы күтилмекте.

АҚШ вице-президенти соңғы рет Кореяға 2018-жылы барған, сонда Майкл Пенс Пхёнчхан қаласында Олимпиада ойынларының ашылыў мәресимине қатнасқан еди.

Усы жылдың май айында Президент Жо Байден Сеулде болып, Корея мәмлекети басшысы Юн Сок Ёль менен сөйлесиўлер алып барған еди.

Ақ үй баспасөз хызметиниң хабарына қарағанда, Харрис сапары даўамында 27-сентябрь күни Японияның бурынғы Бас министри Синдзо Абэни жерлеў мәресимине қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги