Россияның «Урал» клубының ярым қорғаўшысы Остон Ўрунов Өзбекстан миллий сайланды командасына шақырылды. Бул ҳаққында Екатеринбург клубының баспасөз хызмети өзиниң мәлимлемесин жәриялады.
Соны айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан миллий сайланды командасы 19-28-сентябрь күнлери Қубла Кореяда оқыў-шынығыў жыйынларын өткереди.
Буннан соң команда ағзалары 23-сентябрь күни Камерун, 27-сентябрь күни Коста-Рика сайланды командалары менен жолдаслық ойынларында өз-ара күш сынасады. Мағлыўмат ушын соны айтып өтиўимиз тийис, 21 жасар Остан Ўрунов «Урал» клубы менен 2021-жылдың 30-июнине шекем әмел ететуғын шәртнамаға қол қойған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы