Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының бир неше топарларында 1-тур ойынлары болып өтти.

Өткерилген ойынлардың көпшилигинде майдан ийелери жеңиске ерискен болса, еки ойында мийманлар 3 упайға ийе болды. Ал, бир ойын болса, теңбе-тең есапта жуўмақланды.

Атап айтқанда, Дортмундтың «Боруссия»сы Данияның  «Копенгаген»ин 3-0, Хорватияның «Динамо Загреб» клубы Лондонның «Челси»ин 1-0, өз қурамында Месси, Неймар, Мбаппедей жулдыз ойыншыларға ийе «ПСЖ» Туринниң «Ювентус»ын 2-1, Португалияның  «Бенфика»сы Израилдың «Маккаби»н 2-0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, чемпионлар лигасының әмелдеги жеңимпазы «Реал» Шотландияға сапар етип 3-0 есабында жеңиске ерискен болса, Англия чемпионы «Манчестер Сити» Испанияның «Севилья»сын Эрлинг Ҳоландтың дубли, Фил Фоден ҳәм Рубен Диаштың голлары есабынан  4-0, Донецктиң «Шахтёр» клубы Германияның «Лейпциг»ин 4-1 есабында утып 3 упайды қолға киргизди.

Ал, Италия чемпионы «Милан» сапарда Австрияның «Зальцбург» клубы менен 1-1 ойнады.

Бүгин басқа топарларда да 1-тур ойынлары болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы