Босния ҳәм Герцеговинияның Сараево қаласында дзюдо бойынша кадетлар арасында жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы палўанлары 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары тунисли дзюдошыларды 4-0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Дәслепки еки салмақ категориясында тунисли палўанлар жарақат себепли татамиге шыға алмаған болса, +81 кг салмақта Элнур Холмўминов Карим Гарбиди, 60 кг салмақта Сардор Ҳимматов Ҳилалиден үстем келип, жеңимпазлықты қолға киргизди.
Соны да айтып өтиўимиз керек, бул жәҳән чемпионатының жеккелик беллесиўлеринде өзбекстанлы палўанлар 1 алтын, 4 гүмис, 3 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта 60 мәмлекет ишинде 4-орынды ийелеўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы