Көпшиликтиң хабары болса керек, Өзбекстан муз үстинде хоккей спорты бойынша өзиниң жаңа клубын шөлкемлестирип, оған “Ҳумо” атамасы берилген еди.
Қысқа ўақыт ишинде өз командасын қәлиплестирген «Ҳумо» клубы Қарағанда қаласында басланған Қазақстан кубоги жарысларында өз ойынларын баслап жиберди.
Дәслепки турда усы кубоктиң әмелдеги жеңимпазы, Қарағанданың «Сарыарқа» клубына қарсы ойын өткерген «Ҳумо» ушырасыўдың тийкарғы ўақтында 2:2 есабында ойнаўға еристи. Бирақ, буллитлер сериясында майдан ийелерине әўмет күлип бақты.
Ал, екинши турда болса, «Ҳумо» клубы «Ақтөбе» командасы менен ойын өткерип, онда 2:5 есабында жеңиске еристи.
Соны айтып өтиў керек, ушырасыўдың еки бөлими 1-1 есабы менен жуўмақланған болса, 3-бөлимде «Ҳумо» хоккейшилери 4 шайба урыўға миясар болды. Ойында командамыз ойыншыларынан Вадим Чеботарев, Марк Рубинчик, Егор Дорофеев, Жавоҳир Расулов, Игор Игнатушкин «Ақтөбе» дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.
Енди «Ҳумо» клубы 28-август күни 3-турда «Қулагер» клубы менен өз-ара ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы