Босния ҳәм Герцеговинияның Сараево қаласында дзюдо бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты басланды.

Дүньяның 61 мәмлекетинен 492 дзюдошы қатнасып атырған бул жарыста Өзбекстан Республикасы сайланды командасының дзюдошылары да медальлар ушын гүрес  алып бармақта.

Дәслепки күнги беллесиўлерде 4 палўанымыз татамиге шыққан болса, соннан 44 кг салмақта  Умидахон Бурхонжонова қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, екинши күнги беллесиўлерде болса, 52 кг салмақта Сўғдиёна Рафкатова, 66 кг салмақта Шоҳжаҳон Отабаевлар гүмис медальды жеңип алыўға еристи.

Жарыслар бүгин де даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы