Студентлер оқыўды сырт мәмлекетлерден Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша өткерилген тест сынағының нәтийжелери жәрияланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.

23-август күни тест сынағында қатнасқан талапкерлер өз нәтийжелерин 4 қыйлы усылда билиўи мүмкин:

 

  1. my.dtm.uz сайтының «Оқыўды көшириў» (сырт елден) «Нәтийжени алыў» бөлиминен паспорт сериясы ҳәм номери және жеке идентификация номерин киргизген ҳалда.

 

  1. mandat.dtm.uz сайтының «Оқыўды көшириў-2022» бөлими арқалы талапкердиң ID номерин киргизген ҳалда номерин киргизген ҳалда.

 

  1. Мәмлекетлик тест орайының төмендеги телеграм ботларына талапкердиң ID номерин жиберген ҳалда («Оқыўды көшириў 2022» бөлиминен):

@e_dtm_mandatbot
@e_dtm_mandat1bot
@e_dtm_mandat2bot
@e_dtm_mandat3bot
@e_dtm_mandat4bot

  1. Талапкер рухсатнамасының төменги бөлегиндеги QR-код (нәтийжени көриў ушын силтеме)ни сканерленген ҳалда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги