Президент Шавкат Мирзиёев 22-август күни Халықаралық конгресс орайында исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы илаж алдында елимиз исбилерменлерин Исбилерменлер күни байрамы менен қутлықлап, олар мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин арттырыўда тийкарғы күш екенин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20-августтағы пәрманына муўапық, Исбилерменлер күни мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған 29 пидайы ҳәм алдыңғы исбилермен орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Илажда мине усы жоқары сыйлықлар тапсырылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 19-августтағы қарары менен «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси шөлкемлестирилген еди. Бул сыйлыққа миясар болған 100 исбилерменге де орынларда усы жаңа көкирек белгиси тапсырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиўде, бәринен бурын, өткен жылғы ушырасыўдан берли орынланған жумысларға қысқаша тоқтап өти. Соның ишинде, бизнес орталығының жақсыланғаны нәтийжесинде өткен бир жыл даўамында исбилерменлер тәрепинен 55 мыңнан артық бизнес ушын имаратлар қурылған. Түсимлери 1 миллион доллардан асқан исбилерменлик субъектлериниң саны 5 мыңға көбейип, 26 мыңға жеткен. Және мың исбилермен товар айланысын 1 миллионнан 10 миллион долларға шекем жеткерген, 220 исбилерменниң түсимлери болса 100 миллион долларға жеткен. Экспорт етиўши кәрханалардың саны 7,5 мың болған, улыўма экспорт көлеми 30 процентке көбейген.

Бул, гезектеги сөйлесиў алдында да «колл-орай» шөлкемлестирилди ҳәм исбилерменлерден 12 мыңнан аслам мүрәжат келип түсти. Оларда жеке ямаса жергиликли машқалалар менен бирге системалы мәселелер де көтерилген. Олар бойынша ең қолайлы жолларды табыў ушын аналитикалық жумыс алып барылатуғыны атап өтилди.

Президент бес тийкарғы бағдарды көрсетип өтип, олардың ҳәр бири бойынша көплеген басламаларды алға қойды.

Биринши бағдарда кәрханаларды категорияларға ажыратып, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша айрықша қатнаслар белгиленди.

Атап айтқанда, жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекемги кәрханалар – микро бизнес, 10 миллиард сумға шекемги болғаны – киши бизнес ҳәм 100 миллиард сумға шекемги болғаны орта бизнес категориясына киреди.

Соннан келип шығып, 2023-жылы 1-январьдан баслап микро бизнес ушын айланыстан алынатуғын салықтың әмелдеги 4 проценттен 25 процентке шекемги ставкалары орнына бирден-бир 4 процентлик салық ставкасы енгизиледи.

Жыллық айланысы 1 миллиард сумнан артып, улыўма салық төлеў тәртибине өткен кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын 2 есе аз төлейди. Бул имканиятлар 370 мың исбилерменге жеңиллик жаратады.

Жоқары потенциаллы орта кәрханалар санын көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилип, олар ушын бир қатар салық ҳәм компенсация жеңилликлери белгиленди.

Өткен жылғы ашықтан-ашық сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы бизнес ушын салық жүгин азайтыў сиясатын даўам еттириўге ўәде берген еди. Пандемия пайда еткен экономикалық қыйыншылықларға қарамастан, 2023-жыл 1-январьдан баслап қосымша қун салығының ставкасы 12 процентке түсирилетуғыны мәлим етилди.

Исбилерменлер ушын және бир жеңиллик. Быйыл 1-июльден баслап бос турған ямаса пайдаланылмай атырған жер участкасына байланыслы салықлардың арттырылған ставкаларын қолланыў бийкар етилген еди. Президентимиз исбилерменлердиң усындай бурын арттырып есапланған 2 триллион сумлық қарызларынан да ўаз кешилетуғынын айтты.

Екинши бағдар қолайлы қаржыландырыў системасына байланыслы болды. Усы мақсетте киши бизнес жойбарларына 20 триллион сум қаратылатуғыны белгиленди. Буннан тысқары, коммерциялық банклер халықаралық финанс институтларынан да қаржылар тартады.

Исбилерменлик қоры тәрепинен кепиллик бериў имканиятлары қосымша 2 есеге арттырылады. Нәтийжеде кеминде 15 мың исбилерменниң кредит алыўдағы гиреў мәселеси шешиледи.

Әлбетте, кредит бул – мәселениң бир тәрепи. Бизнес ушын және инфраструктура ҳәм кепилликленген базар керек. Бул бағдарда болса, Ташкент ўәлаяты менен алыс аймақларда имканият пүткиллей ҳәр қыйлы.

Соның ушын үшинши бағдарда район ҳәм қалалардың шараятынан келип шығып бизнес ушын айрықша қатнаслар енгизиў мәселеси көрилди. Келеси жылдан шараяты бойынша барлық район ҳәм қалалар 5 категорияға ажыратылады. Оларда салық, субсидия, кредит процентлери ушын компенсация ҳәм кепиллик бериў, инфраструктураға жалғаў бойынша өз алдына тәртиплер белгиленеди.

Жерди меншиклестириў ушын белгиленген сумма, жер салығының 20 есеси муғдарындағы төлем Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында 10 есеге, басқа аймақларда 5 есеге азайтылады.

Төртинши бағдар исбилерменлердиң мүлк ҳуқықын қорғаў ҳаққында болды. Жер ҳәм мүлк ажыратыў ҳаққындағы қарарларды бийкарлаў, тергеў процесинде мүлкти хатлап қойыўды тек ғана суд шешетуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, исбилерменлердиң судларға мүрәжат етиў имканияты кеңейтиледи. Соның ишинде, ҳәкимшилик судларға арза бериўде мәмлекетлик бажының ставкасы 2 есе азайтылады. Исбилерменлердиң салық уйымларының қарары үстинен судқа шағым киргизиў мүддети ҳәзирги 1 айдан 3 жылға шекем создырылады.

Бесинши бағдарда исбилерменлердиң жумысын қадағалаў ҳәм оларды жуўапкершиликке тартыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Бәринен бурын, исбилерменлерге жаңа жуўапкершилик ҳәм жаза илажларын енгизиўге 3 жыллық мораторий жәрияланды. Келеси жылдан 26 уйымның тәкирарланыўшы қадағалаў функциялары бийкар етилетуғыны айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы салық тексериўлерине байланыслы жәриймалар түриниң көплиги ҳәм аўырлығы бойынша жүдә көп мүрәжатлар болғанына итибар қаратты.

Мысалы ушын, айына орташа 1 миллион сум салық төлейтуғын киши исбилерменлерге 5 миллионнан 10 миллион сумға шекемги қаржы жәриймасы қолланылмақта. Яғный, киши исбилерменлер ушын да, ири кәрханалар ушын да жаза бирдей.

Президент барлық түрдеги тексериўлер Бизнес-омбудсман тәрепинен муўапықластырылыўы, жәриймалар муғдары исбилермен төлеп атырған салық муғдарынан көп болмаўы керек екенлигин атап өтти.

Улыўма, енди саўда тараўында ислейтуғын исбилерменлерди дерлик 30 жылдан бери қыйнап келетуғын машқала сапластырылады-яғный, саўда қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик толық бийкар етиледи.

Әдиллик министри ҳәм Бизнес-омбудсманға исбилерменлердиң усынысларын терең үйренип, тексериўлердиң мүддетлерин қысқартыў, қаржы қәте-кемшиликлериниң минимал шекленген муғдарын белгилеў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Сөйлесиўде исбилерменлерди руўхый қоллап-қуўатлаў мәселеси де итибардан шетте қалмады. Мәмлекетимиз басшысы көп жумыс орынларын жаратқан, өз тараўында инновация ҳәм реформалар ислеген, халық арасында абырайға ерискен бизнес ўәкиллериниң мийнетин тән алыў ушын «Өзбекстанға хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Саўда-санаат палатасының жумысын жетилистириў зәрүрлиги де көрсетип өтилди. Енди оның ўазыйпалары менен ўәкилликлери кеңейтиледи. Атап айтқанда, ҳүкиметке көрип шығыўы мәжбүрий болған мәселе киргизиў, исбилерменниң мәпин гөзлеп Жоқары судқа арза бериў ўәкилликлери бериледи. Саўда-санаат палатасы ҳүкимет бойсыныўынан толық шығарылады ҳәм исбилерменлер мәпиниң ҳақыйқый қорғаўшысына айланады.

Усы ашық форматтағы сөйлесиўде айтылған барлық усынысларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Жәмийетлик кеңестиң дүзилетуғыны белгиленди.

Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев елимиз исбилерменлерин Исбилерменлер күни менен және бир мәрте қутлықлап, жумысларына табыс тиледи.

– Биз Жаңа Өзбекстанда қурыў жолында оғада әҳмийетли ҳәм шешиўши басқышқа қәдем қоймақтамыз. Сизлердиң пидайы мийнетиңиз, инновациялық пикир ҳәм көзқарасыңыз бүгин ҳәр қашанғыдан да зәрүр ҳәм бул өз гезегинде, сиз, барлық тараў ўәкиллерине үлги болатуғыныңызға исенемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА