Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Түркияның Мардин ҳәм Газиантеп ўәлаятларында жүз берген жол ҳәрекети ҳәдийселери ақыбетинде көплеген инсанлардың қурбан болғаны мүнәсибети менен Президент Режеп Таййип Эрдоғанға кеўил билдириў хатын жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирди, жарақатланғанлардың тез саўалып кетиўин тиледи.

20-август күни Түркияның қубла-шығысында, Сирия менен шегаралас Мардин ўәлаятында жүк машинасының апатшылыққа ушыраўы ақыбетинде кеминде 16 адам қайтыс болып, 29 адам жарақатланған еди.

Тап сол күни Газиантеп ўәлаятында жүз берген басқа ЖТҲда да 16 адам қайтыс болып, 21 инсан жарақатланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги