Қәдирли спортшы ҳәм тренерлер! Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Түркия Республикасының Конья қаласында өткерилген бесинши Ислам тилеклеслиги ойынларында мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизгениңиз бенен қызғын қутлықлайман.

Жанажан Ўатанымызда миллий ғәрезсизлигимиздиң отыз бир жыллық қутлы сәнесине бағышлап үлкен таярлық жумыслары алып барылып атырған бул қуўанышлы мәўритлерде сизлердиң кескин гүреслерде өткерилген беллесиўлерде ерискен жетискенликлериңиз елимиз ушын мүнәсип байрам саўғасы болды.

Ҳәр төрт жылда бир мәрте өткерилетуғын бул абырайлы спорт форумында ўатанласларымыз сизлердиң ҳәр бир шығыўыңызды ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет арқалы үлкен қызығыўшылық ҳәм толқынланыў менен бақлап барды. Пүткил Өзбекстан сизлерди қоллап-қуўатлап, Жаратқаннан әўмет ҳәм жетискенликлер тиледи.

Дүньяның 56 мәмлекетинен 4200 спортшы қатнасқан бул жарысларда миллий сайланды командамыз ағзалары үлкен шеберлик, күш-ғайрат ҳәм мәртликти, жеңиске болған жоқары умтылыс ҳәм ерк-ықрарын көрсетип, 51 алтын, 42 гүмис ҳәм 65 бронза медалын қолға киргизгени ҳәр қандай ҳүрметке ылайық болып табылады.

Әсиресе, Өзбекстан ўәкиллери Иран, Әзербайжан, Индонезия, Саудия Арабстаны, Қазақстан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Кувейт сыяқлы спорт тараўында раўажланған мәмлекетлерди артта қалдырып, улыўма командалық есабында Түркия Республикасынан кейин мақтанышлы екинши орынды ийелегени мәмлекетимиз спортында және бир жарқын бет болды.

Өзбек спортының мақтанышы болған Руслан Нуриддинов, Акбар Жўраев, Сарварбек Зафаржонов, Турсуной Жабборова аўыр атлетика, Ольга Забелинская велоспорт жарысларында үшеўден алтын медальды қолға киргизгени спорт тарийхында шенде-шен сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе болып табылады.

Болып өткен қызғын беллесиўлерде елимиз данқын мүнәсип қорғаған Улуғбек Рашидов, Адҳамжон Эргашев, Сафина Садуллаева, Диёра Келдиёрова, Шарифа Давронова ҳәм басқа да спортшыларымыздың  таланты, шеберлиги ҳәм қәбилетине барлық спорт ықласбентлери және бир мәрте тән берди.

Бул жарысларда Өзбекстан паралимпияшылары да жоқары мәртлик үлгилерин көрсеткенин айрықша атап өтиў керек. Әсиресе, Әзизбек Байназаров, Омадбек Ҳасанов, Султонбек Нуриддинова, Бахтиёр Ортиқов, Расул Атамуратов сыяқлы спортшыларымыз ҳақыйқый пидайылық пазыйлетлерин көрсетип, миллий командамыздың табысына мүнәсип үлес қосты.

Мәрт ул-қызларымыз аўыр атлетика, дзюдо бойынша теңсиз, қылышласыў, таэквондо, спорт гүреслери, жүзиў жарысларында болса жетекшилер қатарында екенин әмелде дәлийлледи.

Ески Конья жеринде ерисилген бундай жетискенликлер биз ушын үлкен әҳмийетке ийе болып, сизлер усы тәризде миллий спорт мектебимиздиң данқын, Өзбекстан жасларының қандай уллы ислерге уқыплы екенин жәҳәнге көрсеттиңиз.

Сөзсиз, сизлердиң Ислам тилеклеслиги ойынларында Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип, жоқары минберлерди ийелегениңиз мәмлекетимизде саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў мақсетинде алып барып атырған кең көлемли реформаларымыздың және бир әмелий нәтийжеси сыпатында көп миллетли халқымызды оғада қуўандырады, бәршемизге мақтаныш бағышлайды.

Пурсаттан пайдаланып, сизлер сыяқлы елимизге меҳир ҳәм садықлық пенен жасайтуғын, ўатансүйгиш ҳәм потенциаллы жасларды тәрбиялап камалға келтиргени ушын ата-аналарыңызға, жаныңызда турып, ерисилген жетискенликлерди тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосқан мийнеткеш устаз ҳәм тренерлерге өз атымнан, халқымыз атынан шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Ири халықаралық спорт беллесиўи – Ислам тилеклеслиги ойынларында қолға киргизген тарийхый нәтийжелериңиз бенен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, келеси жумысыңызда жаңадан-жаңа жеңислер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.

Бәрқулла бахтыңызды, әўметиңизди берсин, әзийз перзентлерим!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти