Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола 17-18-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапардың екинши күнинде Жидда қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусайн Иброҳим Тоҳа менен ушырасты.

Ҳәзирги күнде Ислам бирге ислесиў шөлкеми 1 миллиард 700 миллион халық жасайтуғын 57 мәмлекетти бирлестирген дүньядағы ең ири халықаралық структуралардан бири. Өзбекстан ИБШға 1996-жылы ағза болғанынан берли шөлкем менен саўда-экономикалық, илимий, мәдений бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта.

Ушырасыўда бул абырайлы халықаралық структура ҳәзирги заман қәўиплери шараятында ислам қәдириятларын қәстерлеп-сақлаў, мусылман халықлары арасында татыўлық ҳәм экономикалық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан менен ИБШ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги дәрежеси, оларды барлық әҳмийетли бағдарларда және де кеңейтиў перспективалары жоқары баҳаланды.

Ҳусайн Иброҳим Тоҳа Өзбекстан Ислам бирге ислесиў шөлкеминде айрықша орын ийелейтуғынын, мәмлекетимиздиң алға қойып атырған жойбар ҳәм бағдарламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти. ИБШ мәмлекетлери туризм министрлери тәрепинен Хийўа қаласы 2024-жылы «Ислам дүньясының туризм пайтахты» деп жәрияланғаны менен қутлықлады.

Өзбекстан буннан былай да билимлендириў, илим, инновациялар тараўларында, климат өзгериўи мәселелеринде ИБШ менен бирге ислесиўге айрықша итибар қарататуғыны атап өтилди.

Шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыс ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасыўын күшейтиў сыяқлы әҳмийетли социаллық бағдарларда, соның ишинде, ИБШға ағза мәмлекетлер арасында тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Өзбекстанның илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы бай потенциалы атап өтилип, ИБШ мәмлекетимиз бенен шөлкемге ағза раўажланып атырған мәмлекетлерде жасларды оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.

– Өзбекстан – уллы ойшыллар ҳәм алымлар ели, шөлкемимиз усы тараўларда республикаңыз бенен бирге ислесиўден мәпдар, – деди бас хаткер.

Аўғанстан халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Термиздеги логистика орайын раўажландырыў арқалы бул мәмлекетке гуманитарлық жәрдемин жеткериў мүмкин екенлиги атап өтилди. Термиздеги Аўған жаслары ушын билимлендириў орайының жумысына жоқары баҳа берилди.

Глобаллық, бәринен бурын, Арал регионындағы экологиялық машқалаларды шешиў мәселелери додаланды. ИБШ бас хаткери быйыл мартта Исламабадта ИБШға ағза мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери Өзбекстан тәрепинен ислеп шығылған Аралбойы және Орайлық Азия ҳәм Қубла Азия регионаллық байланыслылығы ҳаққындағы резолюцияларды қоллап-қуўатлағаны атап өтилди.

– Арал теңизи ҳәм Чад көлиниң қурыўы бир-бирине уқсас машқалалар болып есапланады, усы глобал экологиялық қәўиплерди сапластырыў халықаралық жәмийетшилик ҳәм финанслық институтларды тартыўға қаратылған улыўмалық бирге ислесиўди талап етеди, – деди Ҳусайн Иброҳим Тоҳа.

Оларға шешим излеў мақсетинде илимий ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў, халықаралық қәнигелерди тартқан ҳалда ҳәрекетлерди муўапықластырыўға келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти бас хаткерди мәмлекетимизге сапар менен барыўға мирәт етти. Ҳусайн Иброҳим Тоҳа бул мирәтти қанаатланыўшылық пенен қабыллады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстанына мәмлекетлик сапары шеңберинде Ислам раўажланыў банки (ИРБ) президенти Муҳаммед бин Сулайман Ал-Жассирди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы ИРБ президентин Ташкент қаласында Банк Басқарыўшылар кеңесиниң 46-жыллық мәжилисиниң табыслы өткерилгени менен және бир мәрте қутлықлады.

Президентимиз ИРБ менен шериклик жедел раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип, Банктиң Өзбекстандағы кең көлемли реформалар бағдарламасын әмелге асырыўдағы стратегиялық ролин айрықша атап өтти.

Ҳәзирги күнде ИРБ менен биргеликте турақ жай коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, аўылларды, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суў хожалығы, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 1,2 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды. Усы жылдың ақырына шекем Банк тәрепинен 1,6 миллиард долларлық оғада әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды қаржыландырыўды мақуллаў нәзерде тутылған өз алдына бағдарлама қабыл етилди. Атап өтилгениндей, бул ИРБ менен қатнасықларды сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў ҳәм 2022-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етиўге әҳмийетли қәдем болады.

Банктиң Ташкенттеги толық ўәкилханасын тез ўақыт ишинде шөлкемлестириў, жаңа қаржыландырыў қуралларын енгизиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстанның экономикалық имканиятларын кеңейтиў қоры кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың абаданлығын арттырыў, исбилерменликти, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар бизнесин раўажландырыў бойынша ўазыйпалар шешимине үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирилди.

Транспорт инфрастуктурасы бойынша регионаллық жойбарларды, Аралбойында экологиялық бағдарламаларды әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиў, сондай-ақ, ИБШның айрықша траст фондының жәрдеминде Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем көрсетиў ҳәм оны социаллық-экономикалық тиклеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Банк басшылығындағы ислам дүньясының жетекши финанслық институтларын өз ишине алған Араб муўапықластырыў топарының гезектеги мәжилисин Ташкент қаласында өткериў мүддетлерин көрип шығыў бойынша келисимге ерисилди.

Буннан соң, мәмлекетимиз басшысы Жидда қаласында Саудия Арабстаны Патшалығының жетекши компаниялары ҳәм финанслық структуралардың басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажда Инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳ және патшалықтың «ACWA Power», «SABIC», «Saudi National Bank», «Al Rajhi Capital», «Ma’aden», «Petromin» «Jamjoom Pharma», «SEDCO», «Salic», «Albawani», «Ajlan & Bros», «Desert Technologies» сыяқлы жигирмаға шамалас ең ири компания ҳәм корпорацияларының басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының сырт елге сапарлары даўамында исбилермен топарлардың ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериўи дәстүрге айланған. Бундай сөйлесиўлер мәплер тутасқан ноқатларды анықлаў, санаат кооперациясы ҳәм инвестициялық бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алыў ушын жақсы имканият.

Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны өз-ара қатнасықларды, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ушын үлкен потенциалға ийе. Кейинги жыллары Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери турақлы өткерилмекте. Товар алмасыў көлеми артып, қоспа кәрханалар ашылмақта.

Президентимиз кеше ғана Мийрасхор шаҳзада менен сөйлесиўлерде еки тәреплеме саўда айланысын бир неше есе көбейтиў, исбилерменлердиң басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў бойынша келисимге ерисилгенин атап өтти.

Бул бирге ислесиўдеги бизнес ушын қолайлы имканият. Атап айтқанда, Өзбекстанда исбилерменлик пенен шуғылланыў, сырт ел инвестициясының қатнасын кеңейтиў ушын ең қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Мәмлекетимизде табыслы жумыс алып барып атырған Саудия компанияларының тәжирийбеси көрсетип өтилди. Мәселен, «ACWA Power» компаниясы менен биргеликте 2 миллиард 600 миллион долларлық ири энергетика жойбарлары басланған.

Қатнасыўшылардың итибары сапар алдында болып өткен Өзбекстан-Саудия исбилерменлер кеңеси мәжилисиниң мисли көрилмеген нәтийжелерине қаратылды. Соның ишинде, оның жуўмағында улыўма баҳасы 14 миллиард доллардан артық жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында келисимлерге қол қойылды.

Өткен 30 жылда бундай үлкен келисимлерге ерисилмегени, саудиялы шериклер ушын ең жақсы шараятлар жаратыў жумысларының даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Саудия компанияларын жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда және де тығыз бирге ислесиўге шақырды.

Ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев еки тәреплеме шерикликти раўажландырыўға байланыслы пикирлерин билдирди. Атап айтқанда, саудиялы исбилерменлер Өзбекстандағы ири банклер, санаат ҳәм инфраструктура объектлерин меншиклестириў процесслеринде қатнасыўға мирәт етилди. Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын ең перспективалы тараўлар сыпатында «жасыл» энергетика ҳәм «жасыл» экономика көрсетип өтилди.

Өзбекстан самал электр станцияларын қурыў, «жасыл» водород ислеп шығарыў, альтернатив энергетиканы раўажландырыў, санаатта санластырыўды тереңлестириў ҳәм биргеликте илимий изертлеўлер менен шуғылланыў бойынша белсене бирге ислесиўге таяр екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси елимиз санлы экономика, био ҳәм нанотехнологиялар, программалық тәмийнат, инновациялар ҳәм жасалма интеллект тараўларында шерикликти кеңейтиўден мәпдарлығын атап өтти.

Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде Саудия раўажланыў фонды қатнасыўында суў ҳәм электр тәмийнаты бағдарындағы инфраструктуралық жойбарларды жетилистириў жумысларын даўам еттириў режелестирилген.

Бирге ислесиў усынысына жуўап берип, Саудия Арабстаны компания, холдинг ҳәм корпорацияларының басшылары Өзбекстанда жедел бизнес ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалады. Өз шығып сөйлеўлеринде олар биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў режелерин билдирип, ҳәр қыйлы бағдарларда өз-ара байланыслар ҳәм шерикликти раўажландырыўға байланыслы көзқарасы менен ортақласты.

Президент Шавкат Мирзиёев саудиялы шериклердиң пикир-усынысларын дыққат пенен тыңлап, барлық жойбарлардың әмелге асырылыў үстинен қатаң қадағалаў орнатылатуғынын атап өтти.

Жуўапкерлерге тәсиршең механизмлер ҳәм анық орынлаў мүддетлери көрсетилген комплексли «Жол картасы»н қабыл етиў тапсырылды. Сол арқалы сапар шеңберинде ерисилген барлық келисимлер орынланыўы ушын тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары жеке жуўапкер болады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстанының Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудты мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – «Олий даражали Имом Бухорий» ордени менен сыйлықлады.

Ҳәммемизге белгили, бул орден жақында, Өзбекстан Республикасының  2022-жыл 15-августтағы нызамына муўапық шөлкемлестирилди. Оның менен илим-ағартыўшылықты раўажландырыў, ислам дүньясы ойшылларының мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы айрықша хызметлери ушын илимпазлар, изертлеўшилер, жазыўшылар, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлердиң басшылары сыйлықланады.

Салмон бин Абдулазиз бул сыйлыққа ерискен биринши инсан болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстанына сапары ўақтында муқаддес Мекке қаласында да болып, умра әмеллерин орынлады.

Мәмлекетимиз басшысы динимиз қағыйдаларына муўапық ихрамға кирип, намаз оқыды, талбия айтып, Масжидул ҳарамға барды.

Ҳәммемизге белгили, кәбатулланың ишине кириў мусылманлар әрман ететуғын уллы мақтаныш. Президентимиз мине усындай мақтанышқа миясар болып, кәбатулланың ишинде намаз оқыды.

Соң байтулла әтирапында жети мәрте айланып, Сафо ҳәм Марва төбеликлери арасында умра әмеллерин орынлаўды даўам етти.

Мәмлекетимиз делегациясы ағзалары, илимпаз ҳәм зиялылар менен биргеликте елимизге тынышлық ҳәм раўажланыў, халқымызға саламатлық ҳәм абаданлық тилеп дуўа оқылды.

Усының менен Президенттиң Саудия Арабстанына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

ӨзА