Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Патша Салман бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола Саудия Арабстанына мәмлекетлик сапарының темасы абырайлы сырт ел ғалаба хабар қуралларының итибарында болып тур.

Мәселен, Ислам бирге ислесиў шөлкеми (ИБШ) мәлимлеме агентликлери аўқамы (Union of News Agencies – UNA OIC) рәсмий сайты ӨзАға тийкарланып мәлимлеме бериўинше, сапар етиў ўақты Жидда қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў мәселеси «жасыл экономика», жоқары технологиялар ҳәм санластырыў, инновация, киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўларын қамтып алған ҳалда додаланады. Илаж шеңберинде бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилип атыр.

Бул тарийхый сапар мәмлекетлеримиздиң еки тәреплеме қарым-қатнас ҳәм түрли тараўлардағы шерикликти беккемлеў жолындағы исенимли умтылысы дәўирине туўра келди.

Автордың пикирине қарағанда, Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны жүдә көп регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерде бирдей көзқарасты мақуллайды. Сондай-ақ, регионаллық қәўипсизлик бойынша ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы турыўда бирден-бир позицияны ийелеген.

Мәселен, Өзбекстан 2018-жылы Саудия Арабстанының 2019-2021-жыллар ушын БМШ Социаллық-экономикалық, Ҳаял-қызларға болған дискриминацияға қарсы гүресиў кеңеслери, 2020-жылы БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ағзалығына, 2019-жылы болса ЮНЕСКО Атқарыў комитети ҳәм Жәҳән мийрасы комитетине талабанлығын қоллап-қуўатлаған.

2020-жылы Саудия Арабстаны Өзбекстанның БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ағзалығына сайланыўын мақуллады.

– Еки мәмлекет, сондай-ақ, энергетика тараўында да инвестициялық жумысты буннан былай да күшейтиўге умтылмақта, деп жуўмақ шығарады UNA OIC сайты. Атап айтқанда, Өзбекстан Энергетика министрлиги ҳәм Саудияның «ACWA Power» компаниясы арасында тығыз бирге ислесиў жолға қойылған. Шериклер бир қатар инвестициялық жойбарларды өз ишине алған улыўма баҳасы 3 миллиард долларлық келисимлерге қол қойған.

***

         Әзербайжанның бас мәлимлеме агентлиги «ӘзерТАЖ» да мәмлекетимиз басшысының Саудияға болажақ сапарының темасына айрықша итибар қаратқан.

«ӘзерТАЖ» бул сапар етиўди тарийхый ўақыя сыпатында таллап, еки мәмлекет қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў жолындағы ҳәрекетлер шеңберинде әмелге асырылып атырғанына итибар қаратады.

*** 

Экономикалық бағдарға қәнигелескен «Index Economy» электрон сайтында Өзбекстан Президентиниң Саудияға сапары алдынан «Өзбекстан – Саудия Арабстаны саўда-экономикалық қатнасықларының перспективасы» темасында мақала жәрияланды.

Бул материалда еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыстың бүгинги жағдайы, товар алмасыўдың көлеми артып барыўы ҳәм қол қойылған бир қатар өз-ара ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.

Дәректе келтирилген статистикалық мағлыўматқа қарағанда, 2021-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыўдың көлеми 17,1 миллион долларды қураған болса, 2022-жылдың январь-июнь айларында бул көрсеткиш 95,1 миллион долларға жеткен.

– Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын жетерли потенциал бар, саўда-экономикалық, инвестициялық жумысты кеңейтиўден еки тәреп бирдей мәпдар, –  делинеди мақалада.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Энергетика министрлиги ҳәм Саудияның «ACWA Power» компаниясы арасында нәтийжели бирге ислесиў себепли компания менен бирге жүз мегаватт қуўатлылыққа ийе Нөкис самал электр станциясын қурыў бойынша және бир шәртнамаға қол қойылған. Бул республикамызда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы биринши жойбар болып есапланады.

«ACWA Power» ҳәм Энергетика министрлиги қатнасында Сырдәрья ўәлаятының Ширин қаласындағы электр энергиясын сатып алыў бойынша 25 жыллық шәртнама ҳәм улыўма нырқы 1,2 миллиард долларға баҳаланған инвестициялық ҳүжжет рәсмийлестирилген. Бирге ислесиўден гөзленген мақсет – 2030-жылға барып қайта тикленетуғын энергия ислеп шығарыўдың улыўма қуўатлылығын 30 проценетке арттырыў.

Мақалада ҳүкиметимиз Саудия Арабстанының жаңа Өзбекстанды қурыў стратегиясына сәйкес келетуғын, экономиканы реформалаўға ҳәм либералластырыўға қаратылған «Saudi Vision 2030» бағдарламасын қоллап-қуўатлайтуғыны да атап өтилген.

***

Ливан мәлимлеме агентлиги – NNA-UNA сайты да «Өзбекстан Президенти еки мәмлекет арасында бирге ислесиўди жеделлестириў мақсетинде Саудия Арабстанынына барады» рубрикасында мақала жәриялайды.

Сондай-ақ, белгили эксперт, Араб-орыс илимий-изертлеў орайының директоры Мажид Ал-Туркий де өзиниң социаллық тармақтағы бетинде бул әҳмийетли ўақыяқа мүнәсибет билдирди:

  • Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев – жүдә күшли ҳәм ири реформатор. 17-август күни ол Саудия Арабстанына мәмлекетлик сапар менен барады. Өзиниң мәмлекетин раўажланыўға баслайтуғын жаңа ҳәм перспективалы жолларды тынымсыз излеп, соның менен бирге реформаларды халықаралық сиясий-экономикалық жаңаланыўлар менен сәйкес алып барып атырған Жетекшиниң бул ҳәрекетлери еки мәмлекеттиң қолда бар имканиятларына ҳәм стартегиялық режелерине толық сәйкес келеди.

 

ӨзА