Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Еки Муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстаны Патшасы Салман бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола 17-18-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады

Сапардың бағдарламасына муўапық Жидда қаласында жоқары дәрежедеги Өзбекстан –Саудия саммитиниң тийкарғы илажлары болып өтеди.

Сөйлесиўлердиң күн тәртибинен мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын саўда-экономикалық. инвестициялық, энергетика, қаржы тараўларында ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарларда да буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли  мәселелери орын алған.

Айрықша итибар «жасыл экономика», жоқары технологиялар ҳәм санластырыў, медицина, киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўларында биргеликтеги жойбарларды ҳәм бағдарламалдарды әмелге асырыўға қаратылады.

Саммит жуўмағында еки тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламына қол қойыў режелестирилген.

Сапардың бағдарламасында Саудияның жетекши компаниялары, абырайлы халықаралық структуралар – Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң басшылары менен ушырасыўлар да нәзерде тутылған.

Саудия Арабстанына мәмлекетлик сапары ўақтында мәмлекетимиз басшысы барлық мусылманлар ушын муқаддес Мәкке ҳәм Мадина қалаларын зыярат етиўи күтилмекте.

ӨзА