Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Муратбаева басшылығындағы бир топар кегейлиши белсенди ҳаял-қызлар Әндижанда болды.

Қарақалпақстанлы мийманлар бир неше күн даўамында ўәлаяттың Хожаабад, Бостан, Шаҳрихан ҳәм басқа районларында болып, Әндижанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар, алдынғы тәжирийбелер, улыўма етип айтқанда, ўәлаяттағы дөретиўшилик, абаданластырыў жумыслары менен жаққыннан танысты.

Дәслеп мийманлар Хожабад районында болды. Район ҳәкими Ўткирбек Шукуров районда ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленген жумыслар, сондай-ақ, «FAZO GROUP» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кәрханасындағы өндирис процесслерин көрди.

Хожабадлы ҳаял-қызлар менен сәўбетте ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша өз-ара пикир алысылды.

Буннан кейин қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар Бостан районының ҳәкими Санобархон Носированың басшылығында райондағы «Сайёра фаввораси» ЖШЖға қараслы «Qodir tех» ҳәм «Eleganse SM» кәрханаларында пахтадан ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў процесслерин көзден өткерди.

– Бостан районында ҳаял-қызлар, әсиресе, «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген апа-сиңлилеримиздиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша итибарға ылайық жумыслар алып барылмақта, – дейди С.Носирова. – Қарақалпақстанлы ҳаял-қызларға жумысларымыз ҳаққында айтып бердик, өз тәжирийбелеримизди бөлистик.

Бирге ислесиўимиз еки халықтың ҳаял-қызларын бир-бирине және де жақынластырыўға, қалаберсе, машқалаларды унамлы шешиўге жәрдем береди.

Бир неше күн даўамында қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша әндижанлы ҳаял-қызлардың жумыс тәжирийбелерин үйренди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, мине усындай жумысларды келешекте Кегейлиде жолға қойыў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги