Ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин, жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды шаңарақлық исбилерменликке кеңнен тарыў мақсетинде сиясий партиялар тәрепинен бир қатар перспективалы жойбарлар шеңберинде орынларда ҳәр қыйлы мазмундағы ушырасыў, илаж ҳәм мастер-класслар шөлкемлестирилмекте. Соннан, «Дөретиўши ҳаял-қызлар», «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ», «Қурғын шаңарақ» жойбарлары шеңберинде өткерилип атырған илажларды атап өтсек болады.

ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен «Дөретиўши ҳаял-қызлар» жойбары шеңберинде, райондағы исбилерменлик жумыслары менен қызығатуғын ҳаял-қызлар ушын «Диларам текстил» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине саяхат шөлкемлестирилди.

Буннан мақсет – партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларының үгит-нәсиятланыўын күшейтиў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, тәжирийбели исбилермен ҳаял-қызлардың жетискенликлерин көрсетиў арқалы оларда исбилерменликке қызығыўшылық оятыў болып есапланады.

Ҳаял-қызлар исбилерменниң өз жумысларын қалай баслағаны ҳәм ҳәзирги нәтийжелери, тигиўшилик цехында исленип атырған жумыслар, тигилип атырған кийим-кеншеклер, буйыртпалар туўралы мағлыўматлар алып, алдағы режелери менен танысты.

– Кәрханамыз өз жумысын баслаған 2017-жылы тек ғана 4 тигиў машинамыз бар еди,-дейди кәрхана баслығы Диларам Мадаминова. – Ҳәзирги күнде 300 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алып, тигиў машиналарын көбейтип, цехты кеңейтип, 20 дан аслам ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди.

Цехымызда тийкарынан буйыртпалар тийкарында әскерий формаларды, мектеп оқыўшыларының ҳәм кәрхана менен шөлкемлердиң арнаўлы кийимлерин тигемиз. Цехымызда устаз-шәкирт дәстүри тийкарында бир қатар қызлар тигиўшилик сырларын үйренип, шеберлигин арттырмақта.

Сәўбетлесиў даўамында ҳаял-қызлар исбилерменнен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги